Get Mystery Box with random crypto!

СПОРТШЫЛАРЫМЫЗ МОЙНАҚТАН ЖЕҢИС ПЕНЕН ҚАЙТТЫ. 2020-жылы10-13-н | QARAÓZEK JASLAR AWQAMI | #Ùyde qalıń

СПОРТШЫЛАРЫМЫЗ МОЙНАҚТАН ЖЕҢИС ПЕНЕН ҚАЙТТЫ.

2020-жылы10-13-ноябь кунлери спорттың Бокс түри бойынша Мойнақ районы ҳәкиминиң кубоги болып өтти.Оған 2006-2007 ҳәм 2008-2009 -жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм оннан киши жастағы спортшылар қатнасты. Бул жарысқа Қараөзек районынан да спортшылар белсене қатнасты. Райондағы 28-санлы мектеп оқыўшыларынан 26-кг салмақта Шарипов Нурсултан ҳәм 42-кг салмақта Бекболатов Темур,18-санлы мектеп оқыўшыларынан 30-кг салмақта Керимов Айдос ҳәм 60-кг салмақта Сарсенбаев Мухаммедлер сыйлы 3-орынды ийелеген болса, 28-санлы мектептен Арысланбаев Нурым 28-кг салмақта сыйлы 2-орынды ҳәм 2-санлы мектептен 32-кг салмақта Урынбаев Умиджан сыйлы 1-орынды алып чемпион болыўға мияссар болды. Спортшыларды жарысқа таярлаған тренер А.Оразов. Спортшыларымыздың қолға киргизген жеңислери менен қызғын қутлықлаймыз.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

@QaraozekHakimligi