Get Mystery Box with random crypto!

ТАХТАКӨПИР ҲӘМ ҚАРАӨЗЕК СӘРДАРЛАРЫ ӨЗ-АРА МЕМОРАНДУМ ИМЗАЛАДЫ | QARAÓZEK JASLAR AWQAMI | #Ùyde qalıń

ТАХТАКӨПИР ҲӘМ ҚАРАӨЗЕК СӘРДАРЛАРЫ ӨЗ-АРА МЕМОРАНДУМ ИМЗАЛАДЫ

Бүгин Жаслар аўқамы Тахтакөпир районлық Кеңеси ҳǝм Жаслар аўқамы Қараөзек районлық Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан Республикасының «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты ҳаққында»ғы, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июньдағы «Өзбекстан Республикасында жасларға тийисли мәмлекет сиясатын түптен реформалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПП-6017-санлы Пәрманы ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери талапларынан келип шығып, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты нәтийжели әмелге асырыў бойынша өз-ара бирге ислесиўдиң мазмун, принцип, ўазыйпа, бағдар ҳәм тәртиплерин белгилеп бериў, өз-ара сǝрдарлар Кеңеси жумысын нǝтийжели жолға койыў ҳәм қарым-қатнасықты беккемлеў мақсетинде МЕМОРАНДУМ имзаланды.
Бул бойынша еки райондағы Сǝрдарлар Кеңеси өз-ара пикир алмасып алдағы ўақытлары ǝмелге асырылатуғын ис-режелер ислеп шығылды ҳәм биргеликте ǝмелге асырыўға келисилип алынды.

@jaslar_isleri_agentligi