Get Mystery Box with random crypto!

Әдебият ҳәм биз Биреў өзин “Ибрайым” дер, Биреў “Шыңғыс Айтм | Атағулла Сатбаев | Ataǵulla Satbaev

Әдебият ҳәм биз

Биреў өзин “Ибрайым” дер,
Биреў “Шыңғыс Айтматов”!
Мен отырман бундайларға,
Теңеў таппай бас қатып.
Шығармасы пәрден жеңил,
Өзи турар тас басып.
Қосықлары қара жарма,
Қатылмаған асқатық.
Повестинде қаҳарманлар,
Жүрер мәзи гәп сатып.
Сыншылардың “көзин байлап”,
Сын жаздырар мақтатып.
Илҳам деген суў тулпарды,
Қойған қашшан ақсатып.
“Қәлимбетлер” * саў болғанда,
“Урар” еди-аў қақсатып.
Ең жаманы – оқыўшылар,
Барар кем-кем масласып.
Әдебият бундай ҳалға,
Турған талай дусласып.
Сыншылларың дәрпенбесе,
Жеңе алмайсаң мушласып.
Әдебияттың “Әдеби” жоқ,
“Уят” кетти ушласып.
Қодирең қосық кирип келер,
Қолға-қолды усласып.
“Ремонтшы” шайырлардың,
Алақанын күс басып.
Барлы-жоқлы талантына,
Сайқал берер уқшатып.
Сөз ийесин табар деймен,
Жазған болсам уқсатып.
__
* Сыншы Қәлимбет Султанов

Муратбай Нызанов

@atagulla_satbaev