Get Mystery Box with random crypto!

#сапар_айы Масжидун Набаўий яғный Пайғамбарымыз саллалла | Adep.uz | Рәсмий канал

#сапар_айы

Масжидун Набаўий яғный Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мешити қурылысы сапар айында басланған.

Мусылманлар басқа айлар киби усы айда сапарға шыққан. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сапар айында сапарға шыққан. Сапар айында той берип болмайды деген ырымға мусылманлар сапар айында тойлар ѳткерген. Имам Зуҳайрий рәўияты бойынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы сапар айында ѳз қызы Фатийманы Әлий разыяллаҳу анҳуға некелеп берди. Демек, сапар айында сапарға шығыў, той бериўге болмайды деген пикирлер тийкарсыз екен. Буны жоқарыдағы ҳәдислер дәлиллемекте. Аллаҳ таала бәрше жақсы туўры жолдан барыўымызды бидат-хурафаттан сақланыўымызды, Ѳзи разы болатуғын әмеллерди ислеўимизди несийп етсин...


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/paziyletuz